Философские, этические, социально-политические взгляды Кунходжи
Автор: Қдырбаев Қ.М.
Журнал: Экономика и социум @ekonomika-socium
Рубрика: Основной раздел
Статья в выпуске: 10 (89), 2021 года.
Бесплатный доступ
В этой статье анализируются социально-философские взгляды на творчество Кунходжа
Философские, социально-политические, социально- философские, этика, идея, идеология.
Короткий адрес: https://sciup.org/140260874
IDR: 140260874
Текст научной статьи Философские, этические, социально-политические взгляды Кунходжи
Күнхожа өзиниң ең жақсы шығармаларында өзи жасаған заманның сиясий ҳəм жəмийетлик турмысын, өзи туўылып өсип ҳəм қəлиплесип жетискен ортаны – мийнеткешлер массасы көз қарасларынан дурыс сүўретлей билген ҳəм баҳалай алған шайыр болыўы менен бирге өз дəўириниң ойшылы болып есапланады. Күнхожаның көз-қарасларын дурыс баҳалаў ушын оның жасаған заманының социаллық жағдайлары менен жəмийеттеги үстем идеологияның характерин есапқа алыў ең əҳмийетли шəртлердиң бири болып табылады. Тарийхтан белгили болғанындай, Күнхожаның өмири ҳəм творчестволық хызмети XIX əсирде өтти. Бул дəўир қарақалпақлардың Түркстаннан Хорезмге көшиў процеси тамамланып, Хийўа ханлығы тəрепинен толық жаўлап алынып, бағындырылғанынан кейинги дəўир еди. Жəмийетте феодаллық-патриархаллық қатнасықлар, сиясий дүзимде шығыс деспотизминиң барлық белгилерин өзине сиңирген ханлық система ҳəм бул қатнасықлар менен сиясий системаның мəңгилигин, бирден-бир дурыслығын, кереклигин, нызамлылығын қудайлық күш пенен тастыйықлайтуғын ортодоксиялық исламның идеологиясы ҳүким сүретуғын еди.
XIX əсирде Қарақалпақстанда философиялық этикалық ҳəм сиясий-жəмийетлик ой тийкарынан алғанда фольклорда ҳəм көркем əдебиятта, айырым алғанда поэзияда өз көринисине ийе болды ҳəм раўажланды. Ислам дининиң тəбият таныў ҳəм философия илимлерин əсирлер бойына қуўдалаўы салдарынан, бул илимлер сыпатланып отырған дəўирде, бизиң жəмийетлик турмысымызда өз бетинше көринисине ҳəм раўажланыўына ийе болмады. Сонлықтан, XIX əсирде Қарақалпақстанда философиялық ой тийкарынан алғанда этикалық тəлиймат бағдарында раўажланды. Бул жағдайлар Қарақалпақстан XIX əсирде философиялық ҳəм сиясий-жəмийетлик ойдың раўажланыўының өзине тəн айрықшалығын белгилейди. Усыларға байланыслы Күнхожа да сол дəўирдеги ҳəм оннан кейинги қарақалпақ демократ шайырлары сыяқлы арнаўлы түрде философия менен шуғылланбады ҳəм ол бойынша мийнетлер жазбады. Бирақ көрсетип өткенимиздей, ортодоксиялық исламның идеологиясына қайшы келетуғын, реаллық дүнья, дүньяда адамның орны, дөретиўшилик хызмети, халық ҳəм оның жəмийет раўажланыўындағы роли жəне басқа да көплеген мəселелер бойынша, Күнхожаның қызық, дыққатқа турарлық пикирлери бар. 55
Күнхожа гуманист, демократ шайыр сыпатында өз елин, өз халқын ҳақыйқат перзентлик жүрек пенен сүйеди. Өзиниң елине ҳəм халқына бахыт, гүлленип жасаўды тиледи. Ол өзиниң ең жақсы шығармаларында, əсиресе «Ел менен» қосығында мийнеткеш халықтың, жəмийеттиң раўажланыўында, елдиң гүллеп өсиўинде, молшылықтың асып-тасыўында үлкен роли ҳаққында оғада қызық, баҳалы пикирлерди ортаға қояды. Күнхожа байлықты дөретиўши, байлар менен патшаларға алтынларды, байлықларды, сарайларды жеткерип бериўши – ели, халық: мийнеткеш халықсыз олардың күни жоқ, деп мүлкдар класстың жасаўы жөнинде дурыс пикирге жақынласады ҳəм жəмийетте усылай бир-бирине қарама-қарсы турған еки тəрептиң, байлар, езиўшилер, жарлылар, езилиўшилердиң бар екенлигине ҳəм олардың бир-биринен ғəрезсиз жасай алмайтуғынына түсинип, жəмийетте класслық айырмашылықтың ҳүким сүретуғынлығына барып жетеди. Жəмийетлик қатнасықлар урыўлық, патриархаллық қатнасықлар, диний үрип-əдетлер менен бүркелип, шийеленискен жағдайда бундай түсиникке келип жетиў, Күнхожаның үлкен зийреклилигин, ақыллылығын, ойшыллығын, өз заманының алдыңғы адамы екенин көрсетеди. Күнхожаның сол «Ел менен» қосығындағы мына қатарлар оның халықтың мийнеткеш массасының жəмийеттеги ҳəм жəмийеттиң раўажланыўындағы роли ҳаққындағы мəселеде зийрек ақылын ҳəм даналығын көрсетеди:
«Ғəзийне толысы алтын ақшаның,
Ҳəўли-ҳəрем жəне бағы-бақшаның,
Халықты сорып турған ханыў-патшаның,
Шалқығаны ғəрип-қəсер ел менен.
Мерўерттен салынған сарай жайлардың,
Аспандағы жақты жарық айлардың,
Малы көп дүньяда муңсыз байлардың,
Шалқыўына себеп сорлы қул менен». 56
Күнхожаның творчествосында жоқарыда көрсетип өткенимиздей заман картинасы, заман қысыўмети, заман тарлығы, заманның адам ушын, əсиресе мийнет адамы ушын жаман ақыбетлери – адамлардың əдеп-икрамлық қəсийетлериниң бузылыўына алып келиўи, нəтийжеде бул дүньяның адам ушын қараңғы қəпеске айланыўы үлкен көркемлик, усталық ҳəм терең философиялық толғаныў менен сүўретленеди. Күнхожа өз заманында жəмийетте ҳүким сүрип турған сиясий дүзимге, бул дүзимниң мийнеткешлер массасы ушын аўыр мүшкил екенин, мийнеткеш халықтың мəпи, түсиниги тийкарынан қатнас жасайды ҳəм дəлиллейди.
Күнхожаның «Заман» қосығы бизиң бул пикиримиздиң үлкен дəлийли бола алады:
«Қарап турсаң бул заманға,
Сондай жайсыз шыбын жанға,
Жылға-сайлар толды қанға,
Əлеўмет бул қандай заман?
Жетим қатын, жетим улар,
Тентиреп ботадай бозлар,
Шабаққа сатылды қызлар,
Ҳəсирет-қайғы болды заман.
Шайыр бул шығармасында өз заманының барлық унамсыз тəреплерин тартынбастан, жасырмастан ҳəм боямастан дурыс сүўретлеп береди, өз заманының əўладының бул қайғылы заманда жасап атырғанына ҳақыйқат қыйналыў ҳəм ашыныў билдиреди. Күнхожа бул жерде өзиниң зийрек ақылы ҳəм бай турмыс тəжирийбеси менен турмыстың материаллық тийкарының шешиўши роль ойнайтуғынын түсинеди ҳəм бул материаллық тийкар жəмийетти бир-бирине қарама-қарсы еки тəрепке бөлетуғынлығын ҳəм ол адамның рухый жағдайына, əдеп-икрамлық минез-қулқына ҳəм ҳəрекетине белгили тəсир тийгизетуғынлығы ҳаққындағы дурыс пикирге жақынласады.
Əлбетте, Күнхожаның философиялық, этикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий көз қарасларын баҳалағанымызда оның шығармаларындағы айырым жерлерди үзип-жулқып, оны мысал ретинде, тек соның əтирапында ғана пикир жүргизип отырғанымыз жоқ. Ҳақыйқат изертлеўши ушын бундай усыл жарамайды. Күнхожаның көз қараслары оның заманы, заманының социаль-экономикалық, тарийхый жағдайлары ҳəм сол ўақыттағы жəмийетлик ойдың дəрежеси есапқа алынып баҳаланатуғынлығы өзинен-өзи мəлим болыўы тийис. Оның үстине, шайрдың творчествосын пүтин байланыста изертлеп баҳалағанда, оның дүньяға көз қараслары туўралы пүтин жуўмақ шығады.
Список литературы Философские, этические, социально-политические взгляды Кунходжи
- У.Худайбергенова.. «Қарақалпақ ойшылларының философиялық көз-қараслары». Лекция тексти Нөкис-2010. 5-б
- Н.Жапақов, Қ.Мəмбетов, Қ.Султанов, А.Кəримов «Қарақалпақ əдебияты тарийхы». Нөкис-1983. 115-б
- Күнхожа Ибрайым улы. Қосықлар. Нөкис.1960
- Күнхожа «Ел менен» Нөкис.1975