The role and significance of Ajiniyaz's creativity in the development of the philosophical thought of the Karakalpak thinkers of the XIX century
Бесплатный доступ
В этой статье отражены философско-нравственные взгляды поэта, жившего и творившего в XIX веке.
Короткий адрес: https://sciup.org/140288263
IDR: 140288263
Текст научной статьи The role and significance of Ajiniyaz's creativity in the development of the philosophical thought of the Karakalpak thinkers of the XIX century
XIX әсирде Каракалпақстанда философиялық, этикалык хэм сиясий-жәмийетлик ой-пикирлер тийкарынан керкем эдебиятта, әсиресе поэзияда өз көринисине ийе болды хәм раўажланды. Каракалпақ ойшылларының арасында философиялық ойдың раўажланыўында Әжинияз Косыбай улының орны гиреўли. Ол қарақалпақ халқының XIX әсирдеги прогрессив жәмийетлик-сиясий хәм философиялық ойының ири ўәкиллериниц бири болып калды.
Шайыр жасаFан дэуир каракалпак халкыныц тарийхында ец ауыр заман болды. Бул дэуирде Оз-ара урыс-жэнжеллер, баскарыушы топарлардыц зулымлыгы кYшейди, мийнеткеш халыкты ушилик, тонаушылык хэуиж алды. Сонлыктанда Эжинияз деретиушилигиниц тийкарында - гуманизм идеялары, адамды кэдирлеу орайлык мэселелердиц бири сыпатында каралады. Мэселен:
«Бул дуньяныц керки Адам баласы, Адамныц да кекке жетер наласы».
Мине, бул, Әжинияз гуманизминиң тийкары. Әжинияздың адамға берген бул жокары баҳасына адамның гөззаллығы, тәбиятты өзгертиўде хәм оны тағы да әжәйып етиўде адамның уллы миссиясы түсиниклерин киритеди. Тек ғана бул емес, дуньяның көрки, нағышы болған адамның емири, турмысы да геззал болыуы адамлар арасында карым-катнаслар бийик эдеп-икрамлы болыуы, адамныц бул дуньяда корлык мYтажлик кермей жасауы, адамга хурмет уаккындагы тYCиниклериниц мазмунын курайды. Адамныц жэмийеттеги орны, оныц хукыкы хаккындагы проблема неше әсирлер даўамында адамзаттың алдыңгы пикир ийелериниң дыккат орайында турған. Адам проблемасы, адам ҳукыкы бизиң ҳәзирги кунлеримизде де улыўма адамзатлық проблемаларды шешиу ушын барлык халыклар хэм мэмлекетлер актив жумыс ислемекте.
Озиниц гуманистлик идеяларына тийкарланып ойшыл шайыр этикалык тәлийматты ислеп шығады хәм оны заманның реальллығы тийкарында алға раўажландырады. Әжинияз этикасының мазмунын бул дуньяныц керки болган адамныц кэдир-кымбаты, адамлар арасындагы бир-биреуге хYPмет-иззет, адамды улыFлау оныц хэмме менен тец хукыклы болыуы, адамныц бахытка хукыклылыгы, социальлык жактан кэуендерликте болыуы тийкарFы мэселелерден бири болып турады. Бул мэселелерде ойшыл шайырдыц:
«Адам улы адам кәдирин билмесе, оннан дүзде отлап жүрген мал жақсы» 1 деген сөзлери орайлык идея болып есапланады.
Соның ушын, биз өз халкының бахты ушын, оның ар-намысы, келешеги ушын, өз миллетиниң жокары әдеп-икрамлығы у шы н гүрескен, жан куйдирген, уллы патриот, гуманист Әжинияздың прогрессив идеяларын кәстерлеп уйренип, оларды халыкты тәрбиялаў бойынша күнделикли жумысларымызда пайдаланыўымыз керек.
Әжинияз Шығыс халықларының алдыңғы ойшылларының ислерин даўам етип, өзиниң этикалық тәлиматында «жақсы» хәм «жаман» категорияларын қарақалпақ жәмийетиниң реальлығы менен раўажландырды. Қарақалпақ ойшылы «жақсы»ны әдеп-икрамлыктың ең жокарғы түсиниклери хәм хәрекетлери менен жасаўшы адам деп бахалайды. «Жаманды» шайыр пәс, адамгершиликтиң нышаны жок адам деп түсинеди. Әжинияз өз шығармаларында жақсы менен жолдас болыўды, оннан өрнек алыўды айтади. «Жақсы» менен дос болыўды, оның менен сәўбетлесиўди адамның жетилисиўинде үлкен бир мектеп, деп биледи. «Жақсы» менен сәўбетлесиўдиң өзи адамның басқа бир дуньяға кириўи менен бирдей, жақсының шарапаты - бул бахыт, дейди шайыр.
«Жаксыға мал менен жаман тең болур, Жаман кеўил жаксылардан кем болур», «Хош жигит болса хәмрайың, Не кайгың бар, не пәрўайың, Гүлистан кеўил сарайың, Кыс кунлериң жазга мегзер».2
«Жаксы гийне тутпайды, жаман гийнени умытпайды» - мине,
«жаксы» менен «жаманның» бир-биринен парқын «Болмаса» косығында айырып таслайды. Ал «Мегзер» косығында: «Жаксыда ашыу, кек болмас» - дейди. Ашыу сақлаў, биреўден кек алыў ушынў, кызганыўшылық, бир айтылган сөзди иште сақлап, ўақты келгенде биреўге пәнт бериўди гөзлеў - бул жақсы, парасатлы, әдепли адамның иси емес, бундай кейиптеги адамлар елдиң, халыктың пайдасына ис етпейди. Бундай жаман минезлерден адам боламан деген киси аулақ болыўы тийис.
Мине, усындай әжайып пикирлер қаракалпақ ойшылы Әжинияздың дөретиўшилигиның бас идеясы болып табылады.
Сондай-ақ, Әжинияздың шығармаларында Шыгыс халыкларының этикасындағы тийкарғы проблемалардың бири ата-ана хәм балалар арасындағы катнас мәселелеринен ибарат. Бул проблема бизиң хәзирги күнимизде де өз баҳасына ийе.3 Дурысын айтыуымыз керек, ата-бала мәселеси Шыгыс халыкларында баска халыклардың бул мәселедеги түсиниклерине қарағанда белгили айрыкшалыкларына ийе екени мәлим. Сонлыктан Шы гыс халыкларының бири болган қаракалпақ халкында балалардың ата-анага болган жаксы, мийримли сезимлери әдеп-икрамлыктың жүдә баҳалы нормаларынан есапланады. Сонлыктан басқа каракалпак ойшыллары менен бир катарда Әжинияз да бул мәселеге өзиниң этикалык тәлийматында үлкен дыққат аўдарған.
«Абадандур оңыц, солың,
Жетеди хәр жерге колың, Болса жеделли мәрт улың, Кеўлиң бәлент таўға мегзер».
Жаман перзенттиң азабы, оның әдепсиз кылмыслары, оның келиспеген тәгдири ата-ана ушын Әжинияз айткандай:
«Көкке жетер шеккен налаң, Ойран болар жигер, ханаң, Ахмақ болса туўган балаң, Өмириң зимистанға мегзер».
Мине, усындай әжайып пикирлер қаракалпақ ойшылы Әжинияздың дөретиўшилигиның бас идеясы болып табылады. Жуўмақлап айтатуғын болсақ, XIX әсирде жасап дөретиўшилик еткен Әжинияздың гуманистлик, этикалық идеяларға толы көз-қараслары Қарақалпақ ойшылларының философиялық көз-караслары шеңберинде үлкен әҳмийетке ийе.
Список литературы The role and significance of Ajiniyaz's creativity in the development of the philosophical thought of the Karakalpak thinkers of the XIX century
- Б.Қалимбетов. "Ажинияз лирикасы". Нөкис-1981. 17-б
- Р.Орзибеков. "Лирикада кичик жанрлар". Тошкент-1976. 68-б
- У.Худайбергенова. "Қарақалпақ ойшылларының философиялық көз-қараслары". Лекция тексти Нөкис-2010. 23-б