Оператив-ыдырыў искерлигин мелге асырыўшы органларды мжбриятлары
Автор: Даулетиярова Г.Б.
Журнал: Форум молодых ученых @forum-nauka
Статья в выпуске: 4 (68), 2022 года.
Бесплатный доступ
Бул мақалада оператив-қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың мәжбүриятларына ҳуқықый анализ берилди.
Короткий адрес: https://sciup.org/140292459
IDR: 140292459
Текст научной статьи Оператив-ыдырыў искерлигин мелге асырыўшы органларды мжбриятлары
Оператив-цыдырыу искерлигин эмелге асырыушы органлар мәжбүриятларын талқылаў ўақтында «компетенция» атамасына итибар царатыу лазым. Л.Тихомированыц сезлигинде, компетенция - лауазымлы шахслар, коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер, жәмийетлик шелкемлер, мэмлекетлик органлардыц норматив-хуцыцый хужжетлер менен белгиленген ҳуқықлары, мәжбүриятлары, ўазыйпалары ҳәм функцияларының жыйындысы, деп керсетип етиледи[1, 422]. Усы тийкарда, оператив қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың компетенциялары дегенде сол органлардыц хуцыцый функциялары, функционал уазыйпалары, мәжбүриялары, ўәкилликлер ҳәм ўазыйпаларының тәртиплескен жыйындысын түсиниўимизге болады.
Оператив-қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың компетенциясын, анықрағы мәжбүрият ҳәм ўазыйпалары және оларды атқара алыў қәбилетин илимий изретлеў пәндеги тийкарғы мәселелерден бири есапланады. Ҳақыйқаттанда, шахстың конституциялық ҳуқықларын шеклеў, еркинлигин, ҳәрекет етиў еркинлигин шеклеў, оның байланыс қуралларына болған жеке ҳуқықларын шеклеў, үй-жайы ҳәм транспортын көзден өткериў, жеке тинтиў ҳәрекетлерин әмелге асырыў ўақтында сақланыўы тийис болған оператив мәжбүриятлардың жәмийет тәрепинен түсиниўи айрым машқалаларды келтирип шығады[2, 75].
Әлбетте, оператив қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың ўазыйпасы жынаятшылыққа қарсы гүрес болғаннан кейин, искерлик усындай шеклеўлер арқалы алып барылады. Шеклеўлерсиз ҳәм мәжбүрлеўлерсиз жынаятшылыққа қарсы гүрес алып барыў жүдә қыйын.
Оператив-қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың компетенциясын талқылаў барысында илимпазлар В.Ф.Луговика ҳәм С.М.Луговтың пикирлери итибарға ылайық. Олардың пикиринше, нызамшылық оператив жағдайды толық тәртипке салыў керек. Егер нызамда кемшиликлер бар болатуғын болса, онда оператив хызметкер усы кемис жерде қандай ҳәрекет қыларын билмей, өзинше ҳәрекет етип кетиўи мүмкин. Бул болса, айырым ўақытлары басқа нызамларға қайшы жағдайды жүзеге келтириўи мүмкин» деп өтеди[3, 5].
Усы тийкарда О.А.Вагинниң пикирине итибар бериўимиз тийис. Алымның пикиринше, оператив ҳәрекетлерди әмелге асырыў дәўиринде оператив хызметкердиң мәжбүриятларды сақлаўы оғада қурамалы болыўы мүмкин. Бул ҳалат «оператив киритиў» (русша – оперативное внедрение, өзбекше – тезкор киритиш) сыяқлы өзине тән қәсийетке ийе болған оператив илажды өткериўде әсиресе сезиледи[4, 218].
Оператив кыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың ўаыйзпаларын атқарыўшы шахс – оператив хызметкер есапланады. Оператив ўәкилликли (русша – оперуполномоченный) шахс оператив бөлимниң лаўазымлы шахсы есапланады ҳәм В.Ф.Луговиктиң көрсетиўинше, мэмлекетлик-хэкимшилик уэкиллигине ийе болFан, оператив-цыдырыу искерлигиниң толық ҳуқықлы субъекти болып табылады. Ол оператив илаждың өткерилиўине толығы менен жуўапкер ҳәм илажды тиккелей
өткериўши есапланады. Илажды өткериў ўақтында оператив мәбүрият ҳәм уазыйпалардан келип шыццан халда царар цабыл етеди[5, 17].
Оператив-кыдырыу искерлигин эмелге асырыушы органлар ҳуқықларды әмелге асырыў менен бир қатарда мәжбүриятларғада ийе. Озбекстан Республикасыныц «Оператив-цыдырыу искерлиги хаццында»гы
2012-жыл 25-декабр УР^-344-санлы Нызамыныц 13-статьясында оператив-
қыдырыў искерлигин әмелге асырыўшы органлардың мәжбүриялары келтирип өтилген. Оған муўапық оператив қыдырыў искерлигин әмелге асырыушы органлар темендеги мэжбYриятларFа ийе:
-
- ез уэкилликлери шегарасында инсан хуцыцлары, еркинликлери хэм нызамлы мэплерин, юридик хэм физикалыц шахслардыц мал-мYлкин цоргау, сондай-ац шахс, жэмийет хэм мэмлекет цэуипсизлигин бойынша барлыц зэрур шараларды кериу;
-
- жынаятлардыц алдын алыу, оларды аныцлау, оларды тоцтатыуга хэм жынаятларды ашыуга, сондай-ац жынаятларды таярлау хэм ислениуине байланыслы болтан шахсларды аныцлау хэм табыу шараларын кериу;
-
- сорастырыу, тергеу органлары хэм судтан жасырынып журген, жынайый жазадан бас тартып жүрген шахсларды, бийдәрек жоғалған шахслар ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ҳаллардан басқа шахсларды цыдырыуга, сондай-ац танып алынбаган еликлердиц шахсын аныцлауFа тийисли ислерди шелкемлестириу;
-
- оператив цыдырыу илажларын еткериу хаццындаFы сорастырыу, тергеў органларының жазба тапсырмаларын, прокурордың көрсетпеери ҳәм жазба тапсырмаларын орынлау бойынша барлыц зэрур шараларды кериуи;
-
- оператив цыдырыу искерлигин эмелге асырыуда конспирация принципин сацлау;
-
- пуцаралардыц жеке емирине тийиси, абыройы хэм цэдир-цымбатына тийисли маFлыуматларды олардыц разылыгысыз эшкара етпеу;
-
- оператив кыдырыу илажларын еткериуде пукаралардыц емири хэм ден саулыFы, юридикалык хэм физикалык шахслардыц мал-мYлкиниц кэуипсизлигин тэмийинлеу;
-
- оператив кыдырыу илажларын еткериуде коршап турган тэбийий орталыктыц кэуипсизлигин тэмийинлеу;
-
- ез хызметкерлери хэмде оператив кыдырыу искерлигин эмелге асырыушы органларга жэрдемлесип атырFан шахслардыц, олардыц шацарак агзаларыныц кэуипсизлигин, олардыц мал-мYлкин жынайый кастыянлыклардан корFалыуын тэмийинлеу;
-
- оператив кыдырыу искерлигин эмелге асырыуFа хукыклы болган баска органлардыц уэкиллигине тийисли хэм езлерине мэлим болып калган жынайый искерлик хаккында бирин-бири хабардар етиуи хэмде езлерине ЖYKлетилген уазыйпаларды орынлауда бир-бирине зэрYP жэрдем керсетиуи;
-
- ез мэжбYриятларына ЖYKлетилген уазыйпаларды орынлауда оператив қыдырыў искерлигиниң бар болған күш ҳәм техник имканиятларынан нэтийжели пайдаланыуы шэрт.
Оператив-кыдырыу искерлигин эмелге асырыушы органларга нызам тийкарында баскада мэжбYриятлар жYклениуи мYмкин.
Озбекстан Республикасында нызам жэмийет рауажланыуыныц әҳмийетли факторы болып хызмет қылады. Оның ҳақыйқый имкәниятлары материаллық ҳәм басқа имкәниятларынан келип шығып, жәмийет раўажланыўының туўры жолы ҳәм келешегин белгилейди. Жәмийет раўажланыўының бәрше имкәният ҳәм раўажланыўларының нызам деретиушилигинде есапка алыныуы хэм сэулелениуинде соншалык нызамның тәртипке салыўшылығы да жоқары балады. Сол себепли, жынаят суд ислерин жүритиў ҳәм дәлиллеў процессине қатнастырылған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нызамда беккемлемей турып, нызамлылык хэм хукыкты беккемлеу, сондай-ак баска уазыйпаларды шешиу мYмкин емес.
Улыўма алғанда, мәмлекетимиздиң барлық ҳуқық қорғаў уйымларында, солардың ишинде, оператив органлар, сорастырыў, дәслепки тергеу уйымларындада нызам талапларына эмел кылыу тэмийинленбекте.
Оператив, сорастырыў, дәслепки тергеў уйымларында жынаят-процессуал нызамшылық талапларының қатаң сақланыỷы, ҳәрбир қабыл етилген процессуал ҳүжжеттиң тийкарлы болыỷы ҳәм инсан мәплерине хызмет етиỷи ҳәзирги заман талапларының бири саналады.
Жынаятшылыққа қарсы гүресте ҳуқық қорғаӯ уйымларының орны гиреӯли. Жынаят-процессуал нызамшылыққа муўапық, бул органларға ҳуқықый тәртипти сақлаў, жынаятты тез ҳәм толық ашыў, олардың алдын алыў, жынаят излери жоқ болып кетпестен алдын тергеӯди шөлкемлестириў, айыпкерди табыў, нызамның дурыс қолланылыўын тәмийинлеў ҳәм басқада ўазыйпалар жүклетилген. Сонлықтан, оператив хызметкер, сорастырыўшы, тергеўши ҳәм прокурор жынаят белгилери табылған ҳәр бир жағдайда өз ўәкилликлери шеңберинде жынаят исин қозғатыў, жынайый ҳәдийсени, жынаят ислеўде айыпкер болған шахсларды анықлаў ҳәм оларды жазалаў ушын нызамда нәзерде тутылған бәрше шараларды көриўи шәрт.
Пайдаланылған әдебиятлар
-
1. Тихомирова Л.В. Юридическая энциклопедия / Л.В.Тихомирова, М..Тихомиров; Под. ред. М.Ю.Тихомирова.- М.: Изд-во Тихомирова М.Ю., 2014.
-
2. Уторов О.Р. Правовые проблемы компетенции органов, осуществляющий оперативно-розыскную деятельность в части исполнения своих обязанностей // Правозащитная и правоохранительная деятельность. -2020. -№2(25). – Б.
-
3. Луговик В.Ф. Правовой статус оперуполномоченного при проведений оперативно розыскных мероприятий: монография /
В.Ф.Луговик., С.М.Лугова. – М.: ИНФРА-М, 2018.
-
4. Вагин О.А. Конституционные проблемы оперативно –розыскной деятельности: научный доклад / вагин О.А. // Конституционно-правовые проблемы оперативно –розыскной деятельности: сборник материалов Всероссийского круглого стола 3 ноября 2011 года. / Сост.: К.Б.Калиновский. – СП.: ИД «Петрополис», 2012.
-
5. Луговик В.Ф. Правовой статус оперуполномоченного при проведений оперативно розыскных мероприятий: монография /
В.Ф.Луговик., С.М.Лугова. – М.: ИНФРА-М, 2018.
Список литературы Оператив-ыдырыў искерлигин мелге асырыўшы органларды мжбриятлары
- Тихомирова Л.В. Юридическая энциклопедия / Л.В.Тихомирова, М.Тихомиров. Под. ред. М.Ю.Тихомирова.- М.: Изд-во Тихомирова М.Ю., 2014.
- Уторов О.Р. Правовые проблемы компетенции органов, осуществляющий оперативно-розыскную деятельность в части исполнения своих обязанностей // Правозащитная и правоохранительная деятельность. -2020. -№2(25). - Б.
- Луговик В.Ф. Правовой статус оперуполномоченного при проведений оперативно розыскных мероприятий: монография / В.Ф.Луговик., С.М.Лугова. - М.: ИНФРА-М, 2018.
- EDN: YJJHBR
- Вагин О.А. Конституционные проблемы оперативно -розыскной деятельности: научный доклад / Вагин О.А. // Конституционно-правовые проблемы оперативно -розыскной деятельности: сборник материалов Всероссийского круглого стола 3 ноября 2011 года. / Сост.: К.Б.Калиновский. - СП.: ИД "Петрополис", 2012.
- Луговик В.Ф. Правовой статус оперуполномоченного при проведений оперативно розыскных мероприятий: монография / В.Ф.Луговик., С.М.Лугова. - М.: ИНФРА-М, 2018.
- EDN: YJJHBR