Роль Наджима Давкараева в становлении и развитии каракалпакского фольклора

Автор: Оразымбетова А.М.

Журнал: Форум молодых ученых @forum-nauka

Статья в выпуске: 9 (61), 2021 года.

Бесплатный доступ

В статье анализируется роль Наджима Давкараева в становлении и развитии каракалпакского фольклора.

Фольклор, фольклористика, литература, искусство, монография

Короткий адрес: https://sciup.org/140288844

IDR: 140288844

Текст научной статьи Роль Наджима Давкараева в становлении и развитии каракалпакского фольклора

Фольклор – (англичан сөзи халық даналығы) – халықтың аўыз еки түрде дөреткен көркем сөз өнери.  «Фольклор»  термини дүнья халықларының көпшилигинде қабыл етилген, оны гейде «халық аўыз еки дөретпеси» депте айтады. Фольклористика – фольклорды изертлейтуғын 1 илим.

  • 1    Низаматдинов.Ж.М «Қарақалпақ фольклористикасы» лекция текстлери НӨКИС 2007-ж. 2-б

Фольклор ҳəм əдебияттың өз-ара байланысы проблемасы ҳəзирги əдебияттаныў илиминиң ең ири илимий ҳəм практикалық жақтан əҳмийетли мəселелериниң бири болып табылады. Фольклор ҳəм əдебият узақ ўақытлардан бери бирин-бири байытып раўажландырып келген. Олардың өз-ара байланысының ҳəр қыйлы дəўирде ҳəр қыйлыша болғанлығы, ҳəр бир жазыўшы, шайыр бул мəселелерге ҳəр қыйлы қарағанлығында.

Қарақалпақ фольклорының қəлиплесиўи ҳəм раўажланыўында Нəжим Дəўқараевтың қосқан үлеси оғада үлкен.

Қарақалпақстандағы биринши илим докторы Нəжим (Нəжиматдийин Саатдийин улы) Дəўқараев 1905 – жылы бурынғы Хийўа ханлығы Қоңырат беклигиниң Соркөл елатында (ҳəзирги Мойнақ районы Мойнақ хожалығы) халық миллий байлықларын қəдирлейтуғын белгили қурғын шаңарақта дүньяға келди.

Нəжим Дəўқараев 1951-жылы Москвада Шығысты изертлеўлиң илимий кеңесинде «Қарақалпақ əдебиятының очерклери» атлы докторлық диссертация жумысын жақлады. Сол докторлық диссертациясы үш үлкен бөлимнен туратуғын еди. Биринши бөлим Карақалпақ халық аўыз еки дөретпелери, екинши бөлими ревоюцияға шекемги қарақалпақ əдбияты, үшинши бөлими қарақалпак совет əдебияты. 2

Н.Дəўқараевтың диссертаци жумысының фольклорға арналған бөлиминде фольклордың қарақалпақ материаллары тийкарында қосықларға, дəстүр жырларына, толғаўлаға «Алпамыс», «Қоблан», «Қырык қыз»ға уқсаған дəсталарға биринши илимий талқылаў берди. Солай етип Н.Дəўқараев қарақалпақ фольклористикасының тырнақ тасын салды.

Нəжим Дəўқараев əдебият ҳəм көркем-өнердиң миллеттиң тəғдириндеги үлкен əҳмийетин түсинип, оның алтын мийрасларын изертлеп, биринши рет халықтың хызметине қойды. Ол уллы алым,

  • 2    Пархатдинов.Ю «Қарақалпақ фольклоры» лекция текстлери НӨКИС 2007-ж. 6-б

жазыўшы ҳəм драматург,  Қарақалпақстанда филология илиминиң тийкарын салыўшы инсан болып есапланады. Оның дəслепки шығармалары жигирмаланшы жыллардың ақырында жазылды. Студентлик дəўиринде жазған «Көп күнлердиң бири» атлы гүрриңи 1929-жылы Алма-Ата қаласындағы «Жаңа мектеп» журналында басылып шықты. Оның «Интернатта», Партизанлар, «Тойға барғанда», «Бағман», «Бийбихан», «Өлимди писент етпеўшилер» усаған көлемли шығармалары қарақалпақ əдебиятында жаңа жанрдың қəлиплесиўи ушын үлкен əҳмийетке ийе болды. 3

Сондай-ақ ол «Алпамыс» драмасы арқалы қарақалпақ əдебияты ҳəм көркем-өнериниң раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Бердақтың дөретиўшилигин изертледи. Дүнья жүзилик əдебият үлгилеринен А.С. Пушкинниң «Капитан қызы», «Ғарғаның гүлдəстеси», Н.А. Некрасовтың «Темир жол», Л.Н.Толстойдың «Кавказ тутқыны», А.П.Чеховтың «Каштанка», «Ванка»,  В.М.  Гаршинниң «Саяхатшы қурбақа»,

К.М.Симоновтың «Рус адамлары», В.Гюгоның «Гаврош» шығармаларын жоқары көркемлик дəрежеде ана тилимизге аўдарып, китап оқыўшыларына ылайықлы саўға қылды.  Өзбек тилинен Алишер

Наўайының «Фархад ҳəм Шийрин» дəстанын аўдарыўға қатнасты. Дилмаштың бул мийнетлери ҳəзирги күнге шекем өзиниң қунын жоғалтқан жоқ. Өткен əсирдиң 30-жылларында қарақалпақ тили ҳəм əдебиятының ҳəр тəреплеме изертлениўинде жəрдемлескен көплеген туўысқан халықлар алымлары бар еди, олардан Н.А.Баскаков, С.Малов, Е.Д.Поливанов, Ғ.Алфаров ҳəм басқаларды атап өтиўге болады. Аты аталған алымлардан айрықша профессор Н.А.Баскаковтың қарақалпақ филологиясының ҳəзирги күнги дəрежесине келиўинде салмақлы үлеси барлығын ҳеш ким бийкарлай алмайды. Нəжим Дəўқараев усындай көрнекли əдебиятшы, тилши, тарийхшы алымлар менен де тығыз қатнасып, қарақалпақ əдебияттаныў илими, фольклоры бойынша пикирлесип, хатлар алысып турды. Н.А. Баскаков Н. Дəўқараевтың «Қарақалпақ əдебиятының тарийхы бойынша очерклер» атамасындағы монографиясына əдил баҳа берди. Атақлы түрколог өзиниң түркологияның əҳмийетли мəселелери, сондай – ақ қарақалпақ əдебиятына арналған мийнетлеринде Н.Дəўқараевтың изертлеўлерине айрықша баҳа берди, олар арасындағы илимий ҳəм дослық байланыслар узақ жыллар даўам етти.

Нəжим Дəўқараев биринши рет қарақалпақ дəстанларының идеялық мазмунына, атқарылыўына қарап жанрлық жақтан айырды, дəстанлардың дөрелиў тарийхына тоқтады. Қарақалпақ халқының «Алпамыс», «Қырық қыз», «Қоблан» сыяқлы дəстанларын салыстырмалы-тарийхый, əдебий-тарийхый жақтан изертлеў жумысын жүргизди. «Алпамыс», «Қоблан» дəстанларының басқа халықлардағы вариантлары менен биринши рет салыстырып изертледи ҳəм қарақалпақ версиясының өзгешелигин көрсетти. Ал «Қырық қыз» дəстанының басқа халықларда версиясы жоқ, тек қарақалпақларда бар дəстан екенлигине тоқтады, оның əййемги матриархат дəўиринен, əййемги Окс жағасындағы ҳаяллар патшалығынан мағлыўмат беретуғын дəстан екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Н.Дəўқараевтың қарақалпақ фольклоры жөниндеги мийнетлери бизиң фольклортаныў илимимиздиң тарийхын, теориясын ашып берген бүгинги күни əҳмийети күшли мийнетлерден есапланады.

Қарақалпақ халқының ҳадал перзенти, уллы илимпаз, жəмийетлик ғайраткер, талантлы жазыўшы, əдиўли устаз Нəжим Дəўқараев 1953-жылы 20-июльде 48 жасында тосаттан қайтыс болды. Ол өз шəкиртлерине илимпаз болыўдың, устаз болыўдың, өз халқын қалай сүйиўдиң үлгисин берип кетти. Өз халқына ҳеш гөнермейтуғын байлық өзиниң əдебий, илимий мийнетлерин таслап кетти. Оның мийнетлери əдебияттаныў, фольклортаныў бойынша изертлеўлерде бүгинги жас илимпазлар ушын жол көрсетиўши жулдыз сыяқлы қəдирли болып, олар илимий жумысларды Нəжим Дəўқараевтың мийнетлериндеги пикирине сүйене отырып алып барады. Оның дөретиўшилиги мектеп, жоқары оқыў орынларының сабақлықларында өз орнын алған. Илимпаздың дөретпелери, оның хызмети, мийнетлери халқымыздың байлығы, бизиң миллий руўхый байлығымыз. Нəжим Дəўқараев баслаған Қарақалпақстан илиминиң кəрўаны узақ жолға, бийик шыңға қарай өз мəнзилине бармақта.

Список литературы Роль Наджима Давкараева в становлении и развитии каракалпакского фольклора

  • Низаматдинов.Ж.М "Қарақалпақ фольклористикасы" лекция текстлери НӨКИС 2007-ж. 2-б
  • Пархатдинов.Ю "Қарақалпақ фольклоры" лекция текстлери НӨКИС 2007-ж. 6-б
  • Қарақалпақстан Республикасы Малимлеме - китапхана орайы. "Қарақалпақ халқының биринши илим докторы" НӨКИС 2018-ж. 5-б
Статья научная