Скерий лаўазымлылы жынаятларыны объектив м субъектив белгилери

Автор: Урбанбаев И.Т.

Журнал: Теория и практика современной науки @modern-j

Рубрика: Основной раздел

Статья в выпуске: 5 (83), 2022 года.

Бесплатный доступ

Бул мақалада әскерий лаўазымлылық жынаятларының объектив ҳәм субъектив белгилерине ҳуқықый анализ берилди.

Жынаят, жынаят кодекси, әскерий лаўазымлылық жынаятлары, әскерий лаўазымлылық жынаятларының объекти, әскерий лаўазымлылық жынаятларының субъекти

Короткий адрес: https://sciup.org/140293185

IDR: 140293185

Текст научной статьи Скерий лаўазымлылы жынаятларыны объектив м субъектив белгилери

Р.Кабуловтың пикиринше, “Жынаят қурамы объектив ҳәм субъектив белгилерден дүзиледи. Объектив (сыртқы) белгилер жынаят қурамының объекти ҳәм объектив тәрепин, субъектив (ишки) белгилер жынаят қурамының субъекти ҳәм субъектив тәрепин характеристикалайды.

Әскерий лаўазымлылық жынаятларының объекти ҳәм объектив тәрепи биргеликте әскерий лаўазымлылық жынаятлары ушын жуўапкершиликтиң объектив шегараларын яғный белгилерын көрсетип береди.

Илимпазлар әскерий лаўазымлылық жынаятларының объекти ҳаққында пикир жүриткенде түрлише жантасыўлардан келип шығады. Усының себебинен, арнаўлы ҳәм тиккелей объектти бөлек социал мүнәсибетлер ретинде ажыратыў бул жынаятлардиң әмелиятта және де анық ҳәм туўры квалификация етиўге жәрдем береди.

Бул ой-пикирлерден келип шығып, ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги жынаятының арнаўлы объекти әскерий басқарыў шөлкемлерыниң Қураллы Күшлер потенциалын беккемлеў мәплерине уйқас келиўши, туўры искерлигине, әскерий басшы ҳәм лаўазымлы шахслар ушын белгиленген хызмет ўазыйпаларын әмелге асырыў саласындағы мүнәсибетлер есапланады, деген жуўмаққа келиў мүмкин [1].

Ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги (ЖК 301-статясы) жынаяттың объекти әскерий басшылар ҳәм лаўазымлы адамлардың әмелге асыратуғын лаўазым ўәкиллигиниң орнатылған тәртиби, әскерий басқарыў шөлкемлерыниң искерлиги ҳәм орны, адамлар турмысы ҳәм ден саўлығы есапланады [2, 279-281].

Юридикалық энциклопедияға көре, әскерий лаўазымлылық жынаятлары – әскерий басқарыў шөлкемлериниң искерлигине зыян жеткеретуғын жынаятлар болып табылады [3,67].

Солай екен, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги жынаятының түрлес объекти әскерий басқарыў шөлкемлериниң искерлигин қәўипсиз етиўши социал мγнәсибетлер есапланады [4,123].

(Жынаят кодекси 301-статья) Ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги жынаятының тиккелей объекти Қураллы Күшлерде орнатылған әскерий басқарыў шөлкемлериниң нормал жумыс искерлигин, олардың абырайын, әскерий басшылар ҳәм лаўазымлы адамлардың хызмет ўәкилликлерин әмелге асырыўының белгиленген режимин тәмийинлейтуғын социал мγнәсибетлер, қосымша тиккелей объекти пуқаралардың турмысы, ден-саўлығын, өзгелер мүлкиниң қол қатылмаслығын тәмийинлейтуғын социал мγнәсибетлер болып табылады.

Жоқарыдағылардан келип шығып усы жынаяттың объектив тәрепин төмендегише тәрийиплеў мүмкин: Ҳүкимет ямаса хызмет ўәкиллигинен ен тысқары шығыўының объектив тәрепи - әскерий лаўазымлы шахс хызмет майданынан тек арнаўлы бир, әйне ўақытта әмелдеги болмаған жағдайлардағана әмелге асырыўға ҳақлы болған ямаса жоқары лаўазымда турған яки арнаўлы кепилликли шахс әмелге асырыўы керек болған ҳәрекетлерди, командир ямаса басқа лаўазымлы шахстың өзине берилген ҳуқық ҳәм кепилликлер шеңбериннен көз-көреки, ашық-айдын шетке шығыўы нәтийжесинде Қураллы Күшлериниң мәплерине, әскерий хызметкер ямаса басқа пуқаралардың ҳуқықлары ямаса нызам менен қорғалатуғын мәпларине көп муғдарда зыян ямаса Көр муғдардағы зыян жеткериўде аңлатпаланатуғын айыплы, ҳуқыққа қылап қылмыс.

Әскерий лаўазымлылық жынаятлары объектив тәрепиниң улыўма белгилеринен бири ЖК 301-статясында берилген болып, ол жағдайда, “Ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги, яғный әскерий лаўазымлы шахс өз ҳүкимет ямаса хызмет позициясын кери мақсетте пайдаланыўы, ҳүкимет ямаса хызмет ўәкиллиги шеңбериннен шетке шығыўы, соның менен бирге, ҳүкимет ҳәрекетсизлиги Қураллы Күшлердиң мәплерине, әскерий хызметкер ямаса басқа пуқаралардың ҳуқықлары ямаса нызам пенен қорғалатуғын мәплерине көп муғдарда зыян ямаса Көр муғдардағы зыян жеткерилиўине себеп болса”, деп аталады.

Әскерий лаўазымлылық жынаятлары актив ҳәрекет ямаса өзине жүклетилген ўазыйпаларын көз-көреки атқармаў - ҳәрекетсизлик пенен де әмелге асырылады [5,350]. Әскерий лаўазымлылық жынаятларындағы ҳәрекет, делингенинде лаўазымлы шахстың өз хызмет ўазыйпасы майданынан оған берилген кепилликлерден пайдаланған түрде әмелге асырылатуғын нызамсыз ҳәрекетлери түсиниледи. Бундай ҳәрекетсизлик Өзбекстан Республикасы ЖК 301-статясы (Ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен тысқары шығыў ямаса ҳүкимет ҳәрекетсизлиги) менен квалификация етилиўи мүмкин. Суд әмелиятының анализи ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен ен тысқары шығыў ҳүкимет ҳәрекетсизлиги салыстырғанда көбирек әмелге асыўын көрсетеди. Жынаят жумысларын үйрениў, тийкарынан ҳәкимиятты кери мақсетте пайдаланыў, ҳүкимет ўәкиллигинен тысқары шығыў менен әмелге аырыўда болып, ҳүкимет ҳәрекетсизлиги менен әмелге асырылған жынаятлар кемрек ушырайды [6,951].

Әскерий лаўазымлылық жынаятларында ҳәрекеттиң әйне лаўазым ўәкиллиги менен байланыслы екенлиги олардың тийкарғы өзгешелиги, деп есапланыўы керек. Бирақ, жынаяттың нағыз белгисин анықлаў жынаятты квалификация қылыўда арнаўлы бир қыйыншылықлар туўдырады. Бул болса, жынаят объектив тәрепине салыстырғанда түрлише пикирлерди пайда етеди. Бул әўеле, ҳүкимет ўәкиллиги түсинигине тийисли болып, бул мәселениң шешилиўи теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе есапланады.

Айырым авторлар әскерий лаўазымлылық жынаятлары тек ҳүкимет ўәкиллиги шеңберинде әмелне асыўы мүмкин деп есаплайды.

Әскерий лаўазымлылық жынаятлары объектив тәрепиниң нәўбеттеги зәрүрли белгиси - ҳәрекет айыпланыўшының хызмет ўазыйпасынан келип шығып әмелге асырылыўы болып табылады. Қылмыстың бул өзгешелиги туўрыдан-туўры нызам текстлеринде баянлаинган. Бул белги бул жынаятты басқа уқсас лаўазымлылық жынаятларынан парықлаў мүмкиншилигин береди [7,360].

Пайдаланылған әдебиятлар

  • 1.    Военное право. Учебник для военно-учебных заведений РФ. Под ред. Кузнецова Н. И. -- М.: изд-во «Военный университет МО РФ, 2014.

  • 2.    Ўзбекистон Республикасининг жиноят ҳуқуқи. Махсус қисм. Чизмалар альбоми. -Т.: Ўзбекистон Республикаси ИИВ Академияси, 2014.Б.279-

  • 4.    Преступление и состав преступления. Особенности преступного поведения и уголовного преследования: учеб, пособие для бакалавриата, специалитета и магистратуры / В.В.Сверчков, - М.: Изд.Юрайт,2019,-С.123

  • 5.    Борисенко В.М., Егоров К.И., Исаев Г.Н., Сапсай А.В. Преступления против воинской службы / Под общей ред. к.ю.н., зам. председателя Верховного суда РФ Н.А.Петухова. – СПб.:« Юридический центр Пресс». –Б. 350

  • 6.    Ўзбекистон Республикасининг Жиноят кодексига шарҳ (Қайта ишланган ва тўлдирилган иккинчи нашр.) Махсус қисм /М.Рустамбаев.-Тошкент-“Адолат”,2016.-Б.951

  • 7.    Борисенко В.М., Егоров К.И., Исаев Г.Н., Сапсай А.В. Преступления против воинской службы / Под общей ред. к.ю.н., зам. председателя Верховного суда РФ Н.А.Петухова. – СПб.:« Юридический центр Пресс». –Б. 360

Ўзбекистон юридик энциклопедияси. Масъул муҳаррир: Н.Тойчиев. – Т.:

Адолат, 2011. – Б. 67.

Список литературы Скерий лаўазымлылы жынаятларыны объектив м субъектив белгилери

  • Военное право. Учебник для военно-учебных заведений РФ. Под ред. Кузнецова Н. И. - М.: изд-во "Военный университет МО РФ, 2014.
  • Ўзбекистон Республикасининг жиноят ҳуқуқи. Махсус қисм. Чизмалар альбоми. -Т.: Ўзбекистон Республикаси ИИВ Академияси, 2014.Б.279-281.
  • Ўзбекистон юридик энциклопедияси. Масъул муҳаррир: Н.Тойчиев. - Т.: Адолат, 2011. - Б. 67.
  • Преступление и состав преступления. Особенности преступного поведения и уголовного преследования: учеб, пособие для бакалавриата, специалитета и магистратуры / В.В.Сверчков, - М.: Изд.Юрайт,2019,-С.123.
  • EDN: DDOFNW
  • Борисенко В.М., Егоров К.И., Исаев Г.Н., Сапсай А.В. Преступления против воинской службы / Под общей ред. к.ю.н., зам. председателя Верховного суда РФ Н.А.Петухова. - СПб.:" Юридический центр Пресс". -Б. 350.
  • Ўзбекистон Республикасининг Жиноят кодексига шарҳ (Қайта ишланган ва тўлдирилган иккинчи нашр.) Махсус қисм /М.Рустамбаев.-Тошкент- "Адолат",2016.-Б.951.
  • Борисенко В.М., Егоров К.И., Исаев Г.Н., Сапсай А.В. Преступления против воинской службы / Под общей ред. к.ю.н., зам. председателя Верховного суда РФ Н.А.Петухова. - СПб.:" Юридический центр Пресс". -Б. 360.
Еще
Статья научная